⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЕЗИЎ

Қарақалпақша

ф. Сезиў ағзалары арқалы билиў, тәжирийбе арқалы аңлаў, байқаў. Оразгүл сонша сыр бермейин деген менен перзентлериниң сезгенин билди (Т.Қайыпбергенов). Айшолпан апайдың айнасы бар екенин сезип қуўанып кетти (Ж.Аймурзаев). Қәдир өзин журтта адасып қалған жетим күшиктей сезди (Қ.Султанов). Бунда дослық салтына жан сүйинер, Жатырқамай араласаң егер сен, Ҳәр шәҳәрли, ҳәр дийканның үйинен, Өз үйиңниң жыллы лебин сезерсең (И.Юсупов).