СЕЗИКЛЕНИЎ
Қарақалпақша
ф. Қәўетерлениў, гүманланыў, гүдиклениў, сезиў.
Журт Жәмийланың түр-түсине қарап, сезиклене баслады (Ө.Айжанов).
— Ен болмаса, қус үймелесип шырылдағанынан сезикленери — деп Жумабай үш-төрт балықты сағағынан услап муздың үстине атып урды (К.Султанов).
«Қоңыратлардың бузық қыялынан сезикленди ме екен?», — деп бираз қарап турды да, оны көрмеген болыўы ушын, жоқары қарады (Т.Қайыпбергенов).