⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЕЙИЛ

Қарақалпақша

ат. Қыдырыспа, серўен, кеўил көтериспе. Көрген бийхуўыш болур аны шул заман, Сейил етип бехиштен шыққан яңлыды (Әжинияз). — Мениң бостаныма келген, Менсиз сейил етип жүрген, Қай патшаның қызы екен? — Деп қуўанып турған екен (Бердақ). Бағларда сейил етип дәрди даўасын, Тапсам деп ыкласым кетип турыпты (А.Дабылов). Ҳәммеси бирге бағқа сейил етиўге шыққан екен (Т.Қайыпбергенов). Кел, сүйиклим, бағ сейлине барайық, Бахыттың бағында әнар гүлледи, Баска жемислердиң мийўасы байып, Гүл төккен ўағында әнар гүлледи (И.Юсупов).