СЕКРЕТАРЬ
Қарақалпақша
ат. 1. Мәкеме хәм кәрханаларда лаўазымлы адамлардың, жазыўшылардың жанында жазыў-сызыў жумыслары хәм жазыўларды алып барыўшы хызметкер.
Телеграмманы алып коньки менен қустай ушып баратырған секретарь қыздың ғайратына хәмме ықласланып қарады (К.Султанов).
Бул кеңсениң секретары аўзы-басын бояған бир кербаз екен (Т.Қайыпбергенов).
2. Арнаўлы кенес, жыйналыслардың баянлама ҳәм басқа жазыў-сызыўларын алып барыўшы хызметкер.
Журт күлисер еске алып хәр ўақта: «Дүньяның исине қаласаң қайыл, Шайырлар — секретарь, секретарь — шайыр...» (И.Юсупов).