СЕЛ
Қарақалпақша
ат. (а.
— ағым, сай, жылға).
1. Күшли жаўын.
Күте бер мени, Қайтаман мен, Күт жалықпастан, Қара жамғыр қуйса да сел, Мойыма ҳаслан (И.Юсупов).
2. Күшли жаўын, жамғыр суўынан пайда болатуғын үлкен суў ағымы.
Гүлден гүлғе қоныў бүлбилдиң кәри, Бийопалық деген нәпси базары, Селлер ылықтырса таўлардың қарын, Сайлардың баса-бас қамалы болар (И.Юсупов).
Гә қар, гә жаўын нәубетлесип, ашшы қуяш шыққан бултсыз күнлери таў кәнарлары сел болып ағады, сәл салкын тартса, баяғы қәддине түседи (Т.Қайыпбергенов).
3. аўыс. Қара көзден тағы сел-сел жас төгиледи (К.Султанов).
Жүйрик қәлемлердин мәдеткары сен, Бүгин иске асты күткен әрманың, Залымдықтың сели баса алмады, Гүрес ушқынынан лаўлады жалын (И.Юсупов).