⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЕМСЕР

Қарақалпақша

ат. Еки жүзли үлкен пышақ, еки жүзли қылыш. Кескир семсер бардур қолда, дуўшар келдиң пирли жолда («Мәспатша»). Отаўдын ишкери ҳәм сыртқары есигинде турған жасаўыллардың қолларында жарқылдаған семсер қылыш (К.Султанов). Полякларға Паз батыр күшин танытсын батыл, Польшада аз байлық пенен салтанат, Семсери жақсы ол жақтың, тийимлиси бирақ та, Келинликке әкелсин бир перийзат (И.Юсупов).