⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЕПКИЛ

Қарақалпақша

ат. Адамдардың бетине, жүзине, мойнына, қол терисинде пайда болатуғын саргыш, қоңыр, қаралтым рендеги, көлеми ҳәр қыйлы болатуғын майда дақ, ноқатлар. Бет алмасының қызғыш дөнген жерлерине азлап сепкил түсе баслапты (Ж.Аймурзаев). Ол медресеге буннан еки жыл бурың келген, қара торы, жуқа жүзинде шешек аўырыўынан қалған сепкили бар, ашық минезли жигит (К.Султанов). Ақ жүзине сепкил түсти (К.Султанов). 0 Сепкил салыў — аўыс. Намысына тийиў, уятлы қылыў. Нәзер сал ертерек жолдың дүзине, сепкил салар Айпаршаның жүзине («Мәспатша»).