СЕПЛЕЎ I
Қарақалпақша
ф. 1. Сөтилген, жыртылған жерди дүзетиў, қурастырыў, жалғаў, бириктириў.
Хабарым бар бәринен де жан апа, Саўдыраған саўытларды сепледик («Қырқ қыз»).
Жаңаны кеплеп, гөнесин сеплеп турмасаң мүшкилимиз қыйын (К.Султанов).
2. Көгермей қалған көк егистиң араларына қайтадан егип шығыў.