СЕРИППЕ
Қарақалпақша
ат. Пружиналы механизм, мылтықтың қулағы, шүриппеси.
«Енди кешиксем болмас» деген шешимге келген Оразымбет карабинниң сериппесин кейин тартты (Қ.Досанов).
Бундай орынлар сериппе дузақ қурыўға күтә қолайлы болатуғын еди (Т.Қайыпбергенов).
Қол сериппе — жерди суўғарыў ушын қол менен суў серпиўге арналған қурал.
Суўы жетпей қол сериппеге, Досғалый де турған екен (С.Нурымбетов).
Буны «қол сериппе» дейди екен.
Қәйтесең... аянышлы (К.Султанов).
Үйдескелилердиң көбиси қорасы менен үйи арасында малының тезегин тазалаўдан басқа, ямаса жап бойынан жер қыытақлап қол сериппеден бир-еки тақыя туқым шашыўдан басқаға пәми алыспайтуғынын Маман түсинетуғын еди ҳәм олардың көпшилигине қәдик пенен қарар еди (Т.Қайыпбергенов).