СЕРКЕ
Қарақалпақша
ат. Пиштирилген еркек ешки, ақта теке.
Сексен серкем бар еди, Буны хәм кетти тамақдап («Қоблан»).
Аппақ мүйиз серкем жол баслайды, Аннан-саннан аяғын бир таслайды (ққ-х.қ.).
Ережеп тоқалақ мүйиз қара серкени алдына салып үйине қайтты (К.Султанов).
Асығы пүтин ақ серке, Қой басласын қотанда, Белдеўде қиснеп тулпар ат, Сүринбесин жортқанда (И.Юсупов).