⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЕСКЕНИЎ

Қарақалпақша

ф. Қорқыў, тайсалыў, сезиклениў, қәўиплениў. Оралғандай еки жылан, Хан сескенип кетти жаман, Берген сертини сол заман, Патша еске алған екен (Бердақ). Бирақ, Ерназар қолдаўлыдан сескенеди (М.Дәрибаев). Көмешиңе күл тартыў тек ураның, Барды-жоқгы қосык етип курадың, Ҳоппыя түс, сескенсин журт сыртыңнан, Тек жарылып кетегөрме, шырағым (И.Юсупов). Маман бийдиң ашыўынан сескенип, хәмме кейин серпилди (Т.Қайыпбергенов). Кемпир менен келинниң үрейи ушып сескенгенин сезди ме, Мәтеке отырар-отырмастан күле шырай келбет көрсетип, ғарры-кемпир арасындағы хәзилди баслады (К.Султанов). Мүйиз саплы пышаққа қол созғаны жөнинде аўыз ашпады, анасының сескенип кетиўинен қорқты (К.Кәримов).