СИГНАЛ
Қарақалпақша
ат. Қандай да бир мағлыўмат, буйрық, хабар хәм т.б.
жақын ямаса узақ аралыққа жеткериў, адамларды өзине қаратыў, ескертиў, төртипке шақырыў ушын қолланылатуғын шәртли белғи, ишара, даўыс, ҳәрекет.
Мектеп балаларының барабан урған, сигнал шерткен шадлы намалары қулағына келди (Қ.Айымбетов).
Бир мәҳәл қызыл «Жигули» үсти-үстине сигнал берип дәрўазаға дүгип барып тоқтады (М.Нызанов).