⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СИЙРЕКСИЎ

Қарақалпақша

ф. Азайыў, кемиў, таркалыў. Аспандағы бултлар да сийрексип қалыпты (К.Султанов). Жулдызлар сийрексип таң саз берипти (Ш.Сейтов). Жаў сийрексиген жерлерде арман-берман шапқан жеңилтек атлылардың хошамет хаўазлары еситиледи (Т. Қайыпбергенов). Оның биразының қапталындағы темир листлери кесип яки жулып алынған да арасындағы өрелери адамның қабырға сүйегиндей сийрексип турған еди (М.Нызанов).