СИЛКИЎ
Қарақалпақша
ф. Күш пенен қағыў, жулқыў, қатты қозғаў.
Председатель сахнаға сығалап қарап турды да, басын артқа бир силкип, Ниязовқа адырайып қарады (К.Султанов).
Силкип көрип алдың, қызым, Қолтығыма салдың, қызым, Сол кетистен үйге барып, Терлеп уйқылап қалдым, қызым (И.Юсупов).
Темирхан ата мушын түйип, қолын бир силкип жиберди (Т.Қайыпбергенов).
Апам орамалын ийнине силкип таслап, орнынан турып кетти (М.Нызанов).