⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СИЛКИНИЎ

Қарақалпақша

ф. Өз денесин қатты, кескин қозғаў, жулкыныў, қағыныў. Бийкеш қутлы болсын, қәне кийе ғой деген гәпине қыз силкинип, алдына қойған кийимлерди есикке шыңғытып жиберди (К.Султанов). Дүньяның барлық халқы аяқ қосып, Бир ўақта жерди тепсе, жер силкинер, Дүньяның барлық халқы урт толтырып, Үплесе, даўыл турып, күн гүркирер (И.Юсупов). Желин болғанда каңңай, жер сызған, ешки болғанда қандай, шақлары уўыктай, «мәә» дегенде дир-дир силкинетуғын, басқа ешки көрсе, көзлери қызарып, жулқынып туратуғын ғайбар қыйлынан дейди (Т.Қайыпбергенов). — Билмеймен! — «Бөлеси»нен еки тис төмен отырған киси силкиниў менен орнынан турды (М.Нызанов).