⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СИЛТИДЕЙТЫНЫЎ

Қарақалпақша

ф. аўыс. Сес шығармаў, тым-тырыс болыў, үндемеў. Қәдирдиң аты аталған ўақытта балықшылар силтидей тынып, ажарлары түнерип кетти (К.Султанов). Сестиң жаңлағанда ҳәўижге минип, Тасларға тил питер гөяға келип, Кен сарайлы заллар силтидей тынып, Жүреклер шәўкилдеп соғар, Айымхан (И.Юсупов). Журт силтидей тынды (Т.Қайыпбергенов). Аламан силтидей тынып қалды (М.Нызанов).