⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СИМВОЛ

Қарақалпақша

ат. (гр. — белги, тымсал). Бир түсиникти яки идеяны билдиретуғын шәртли белги, көрсеткиш. Муҳаббат символы. Фольклорда арыслан, жолбарыс күштиң, күдиреттиң символы болды (Н.Дәўқараев). Якуббай «Түс жорыў» китабын көрген болса да Фрейдтиң түс жорыў ҳәм символлар теориясынан бийхабар еди, сол ушын көргенлерин жорый алмады (К.Каримов).