⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СИМИРИЎ

Қарақалпақша

ф. Ишиў, заңқ қойыў, үзликсиз тынбай ишиў. Қапталына қойылған қуманды көтерип муздай суў симирди (Т.Қайыпбергенов). Қатықты жолаўшы симирип ишип, жаңа жазылысқан ўақытта ғарры түр-түсине қарап отырды (К.Султанов). Бирэўлердиң кумы менен шөллери, Дәрьяны симирер көп ўақтан бери, Суўсызлык азабын шеккен ким десең, Қарақалпақ хәм Хорезм еллери (И.Юсупов). Арадан қанша өткени белгисиз, мәгар қолға услаған кесе толы қымызды симирди (К.Кәримов). Соның арасынша шайы суўыққыраған болса керек, бир тынбастан симирип ишип, кесаны тарс еттирип столға қойды (М.Нызанов).