СИПСЕ
Қарақалпақша
ат. 1. Сыпырыў, тазалаў ушын арналған қурал, зат.
Усы асылып турған қурымларды сипсе менен қағып далаға шықты (А.Бекимбетов).
Тиримен деген еки ели қағазың келгенде Жәмийланың сүйеги сипсе болғанша жолында еки көзи сарғаймас па еди... (К.Султанов).
Перихан келиншеқ болыўдың мәниси бундай болады, деп көз алдына келтирмейтуғын еди, тап ҳәзир ақылына енгендей азмаз таңданып турды да, кийип жүрген көйлегиниң үстинен кемпир берген айдынды көйлекти кийип, есик бетте жатырған сипсени дәрриў қолына ала-сала, төсеклердиң үстин бир қатара сыпырып шықты (Т.Қайыпбергенов).
Қар жаңа ғана артылған болса керек, гүректен кейин қуўыс-қолтықларды сыпырып шығатуғын ушлары желинип қалған шонтық сипсе кирер аўызда жатыр екен (М.Нызанов).
2. Жүўериге усаған дәнли мәдений ҳәм жабайы өсимлик.