СИРИ
Қарақалпақша
ат. Аяқ кийимниң өкше бети, өкшени қаплап турған жер.
Аўызда узын бойлы, қақ шеке — арық, шинельге усаган сур реңли сукнодан тигилген гөнетоз пальтосы бар, басында қаснағының бир шети сынық қара шапка, аяғында сириси жалпайып, өкшеси көринип турған гөне туфли, сақалы тәртипсиз ғаўлап өсип кеткен бир киси турар еди (М.Нызанов).
Шерим етиги ылакадай аўзын ашып, сириси қыйсайып кетипти (Н.Бөрекешов).