СИРКЕ I
Қарақалпақша
ат. Бийттиң туқымы, майда думалақ ақ зат.
Сиркени тарақ алады, абырайы қатыққа қалады (Ж.Аймурзаев).
0 Сиркеси суў көтермэў — ҳеш нәрсени жақтырмаў, ашыўшақ.
Себеби, сиркеси суў көтермейтуғын адамлар менен ҳәзир тарысыў орьшсыз (Т.Қайыпбергенов).
Қанатлары қағаздай, Гүл-жапырақ көрпеси, Бир сөз айтсаң, өкпелер, Суў көтермес сиркеси (И.Юсупов).
Уақты келип өзи ашылыспаса ҳәзир сиркеси суў көтермей киятыр (М.Нызанов).