⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СИСТЕМА

Қарақалпақша

ат. (гр. — тутас). 1. Ис-ҳәрекет, түрли процесстер ҳәм т.б. бөлимлердиң өз ара байланысының тәртип пенен жайласыўы. 2. Жәмийетлик дүзим, жәмийетлик дүзимниң формасы. 3. Дүзилиў принципи. Жаңа системадағы самолёт. 4. Бир-бирине заңлы түрде байланысып турған ҳәм бөлеклерден ибарат болған нәрселер. Нерв системасы. 5. Уазыйпалары бир-бирине уқсас мәкемелер яки дүзилиси тәрептен бир-бирине бириккен мәкемелер. Илимлер академиясының системасы. 6. Ишине комплекс витаминлерди, бир неше дәрилерди камтыған суйық халаттағы дәри. — Сәнем, алтыншы палатадағы қыздың системасына қарап туршы, — деди санитаркаға (М.Нызанов).