СКЛАД
Қарақалпақша
ат. (р. — жыйнаў, жайластырыў).
Хәр түрли материаллар, затлар сақданатуғын арнаўлы орын, жай.
Көлеңке болсын деп складтың алдына бастырма соқты (К.Султанов).
Бул урлық жөнинде ойланып, сол складтан урлық ушын тесилген жерден табылған орамалды қалтамнан алып, бир үңилдим де, оннан хештеңе абайламай және қалтама салдым да, Гүлайдың қасына бардым (Т.Қайыпбергенов).
Ҳәзирги қарамайлар сығасып өскен жаптың берги бойында жерге жабыстырып салынған азық-аўқат склады бар еди (М.Нызанов).