⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СОБЫҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Жабайы өсимликтиң аты, узын жемиси бар шырмаўық өсимлик. Бул қос атлының сыртқы көринислери ғана емес, өмир жоллары да еки қыйлы болған менен, 1723-жылғы жунғарлар шабыўылынан «ақ табан шубырынды» атанып, гүзде жарылған собық үпелегиндей тоз-тоз болған қарақалпақ елиниң Сырдәрья төменине қарай ығысқан топары менен бирге көз жас төгисип, олардың басына түскен аўыр жүкке тең ийин тиресип, ийин тутқан адамлар (Т.Қайыпбергенов). 2. Мәдений өсимликлердиң узынша жемиси, дәни. 3. Тукым сакданатуғын узынша қабығы. 4. Сүтилмек мийўеси, жемиси. Үдеп шәббелерди жебир, Топ ойнадым болып себил, Бесжап, Тағжап, Аршан кебир, Жуўа тердим Әлишептен, Таттым собық, сүтилмектен (И.Юсупов).