⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СОЗЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Денени ямаса бир затты узайтыў, тартыў, кериў. Аўқатқа пәтия етилип, дастурхан жыйналғаннан кейин бийлер қайтадан аяқ созып жамбаслады (Т.Қайыпбергенов). Таныс емес адам қызға созып қол, «Жүриң берман» деди ол, — Гүлжан қызға мыйық тартып бир күлип (И.Юсупов). Ол аяғын созып, арқайынласты (М.Нызанов). 2. Даўыстың, сестиң тынбай шығыўы. Қосықшылар да даўысының барғанынша созып, қыйғырып тур (Т.Қайыпбергенов). — Дүньяға шыққан күниң қутлы болсын, шахым-м! — деди бир ўаққа даўысын созып (М.Нызанов). 0 Ийек созыў — дәме етиў, дәмелениў, қараў. Топанды қамбадағы ылайға араластырып та дәрўаза тәрепке ийек созыў менен болдым (М.Шымбергенов). Мойын созыў — дәме етиў, дәмелениў, үмитлениў. Ҳәр жақтан тумсығы уўылған, сақты сына баслаған хан әўелги қол берген досқа қайта оралыўға — уллы Россия тәрепке қайтадан мойын созыўға мәжбүр болды (Т.Қайыпбергенов). Кегирдек созыў — айтысыў, урысыў, жәнжеллесиў. — Болдыңыз ба? — деди Мәңлимурат аға бираз кегирдек созыспаған соң (Т.Қайыпбергенов).