СОЙЛАҚ
Қарақалпақша
кел. Алдыңғы тиси сыртқа қарай қыйсайып өскен, қыйсық тис.
Меңеш пенен Бегешинди етсем мысал, Серлеп көр, ерни — жырық, тиси — сойлақ (Әжинияз).
Өсик қара муртлары арасынан ханның сойлақ сары тислери көрингенде, қыз «мени шайнап жиберетуғын бәле шығар» деп, дийўалға арқасын берди (Т.Қайыпбергенов).