СОПРАНО
Қарақалпақша
ат. (итал.
— үстинде, жоқарыда).
1. Ҳаяллар ямаса балалардың ен жоқары музыкалық даўысы.
2. Сондай даўысқа ийе болған қосықшы хаял.
Сопрано, сопрано! Әзиз мийманым! Бар ма өзи сениң ийманың? Мен не жаздым саған? Айтшы! Олсыз да, Қыйнаўлы жанымды бунша қыйнадың (И.Юсупов).
3. Хордағы бәлент даўыслы партия.
4. Айырым саз әсбапларының жоқары регистрли түри.