СОРАМ
Қарақалпақша
ат. Мәмлекеттиң, патшалықтың қол астындағы ел, қараслы жер.
Танысайық жериңизден хабар бер, Турған жериң қайсы ханның сорамы? («Мәспатша»).
Пүткил Хийўа сорамын усы минарлар қараўылдап турғандай алыстан булдырайды (К.Султанов).
Жарлықта сол тутқынларды босатыўды ескертип, тутқыннан азат етилген орыс сорамының қәр бир адамы ушын, босатыўшы ханларды, төрелерди, султанларды, бийлерди сыйлықлаў ушын қаржы ажыратыўды Оренбургтағы Нефлюевке тапсырған хат таярлапты (Т.Қайыпбергенов).
Бухара ханлығы сорамынан шығып, жол бойы қонып-түсленип, ақырындап жол жүрип отырған Кулшы бий көши дийдилеген мәканына саратанда жетип келди (К.Кәримов).