СОРАСЫЎ
Қарақалпақша
ф. Бир-бири менен мағлыўмат алмасыў, жағдайларын билисиў.
Есиктен кирген еки хаял менен олар аман-түўеллик сорасып болғаннан соң, орынлық усынды (К.Султанов).
Бир-биреўден ҳал-аҳўал сорасып, Ғаўқылдастық Х.ӘЗИЛИМИЗ жарасып, Тәп қашырдық еслеп өткен-кеткенди, Сағынысқан кеўиллерге мүнәсип (И.Юсупов).
Жас бийде қызбадық жоқ еди, сол ушын ол да бирден гәп басламады, ҳал-жағдай сорасып, қәдимгисинше сөйлесип отыра берди (Т.Қайыпбергенов).
— А-ал, Сейтек жора, бул не аўхал? — дедим хал-аўҳал сорасып, бир-бир шәйнек шай ишип алғаннан кейин (М.Нызанов).