СОРЛАҚ
Қарақалпақша
кел. Ашшы, дузлы топырақлы, сор жер.
Теңиз ашшы, суў сорлақ дуз, Қостың иши болып тур муз, Қатты ғәзеп етип тур қыс, Қыслар кетип жаз келер ме? (Бердақ).
Баг-бақшалар сырғып ырғалған жерлер, «Ақ алтын», «сары алтын» нурлаған жерлер, Бүгин көрсең қырда қалған балықтай, Қарабарақ шығып, сорлаған жерлер (И.Юсупов).