⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СОРЛЫ

Қарақалпақша

кел. Бийшара, мүсәпир, бахытсыз. Тамағым жоқ ишерге, Көлиғим жоқ көшерге, Төсеғим жоқ төсерге, Мен сорлыға жаз келер ме? Бул дүнья ҳәм өтер-кетер, Сорлыға да нәубег жетер (Әтеш). Қайып сорлы қызының некесинен неси менен қутылады (К.Султанов). Сол Арзыны тоқаллықка алыўды, Ойлап Узақ көп жумсады қарыўды, Малға жығып сорлы қыздың атасын, Бир күни ол алып кетти арыўды (И.Юсупов). Оның үстине биздей сорлыларға меҳрибан жас бийди өлимге ийтермелеўге хақым жоқ (Т.Қайыпбергенов). Екинши таманнан есигине келип жәрдем сораған сорлыға жәрдем бермеў де мусылманның иси емес (К.Кәримов). Мен сорлы «тулыпқа мөңиреп» жүре бергенмен! (М.Нызанов).