СОРЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Емиў, тартыў, жутыў.
Алданшығы ай бала, Сорып отыр емизик (Г.Есемуратов).
Бул дүньяда адамның душшы қанын сорғысы келмейтуғын мақлуқ жоқ (Т.Қайыпбергенов).
2. аўыс. Езиў, пайдаланыў.
Бир ябы қуралы талай күшинди, Қулымбет сорыған шығар (К.Султанов).
Еки адам, бири онда еңбек етпей елди сорып, Екиншиси тынбай ислеп зар болып жүр қара қанға (И.Юсупов).