⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СОРҒАЛАЎ

Қарақалпақша

ф. Шубатылып, избе-из ағыў, саўлаў, зуўлап ағыў. Тула бойымнан тер сорғалады (Ж.Аймурзаев). Биреўлер «ордени нешеў?» деп қарар, Досларым көзинен жасы сорғалар, Душпаным басымда курдай жорғалар, Қыимылы дым шаққан, даўысы патлы (И.Юсупов). Қараўылдын балтырынан қан сорғалап, есикти ашыў менен болды (Т.Қайыпбергенов). Баслық адамлардың ийеғинен тери сорғаласа да костюмын шешпейтуғын әдети бар-дә! (М.Нызанов).