СОСТАВ
Қарақалпақша
ат. (р. — бириктирилген нәрсе, курам).
1. Белгили бир затлар ҳәм т.б.
бирикпеси, дүзими, жыйынтығы.
Доллар тәбиятын қарасаң серлеп, Оның сырлы составында бәри бар: Қан ҳәм тер, қайғы-зар, куўаныш, ермек, Өлтирер уў ҳәм тирилтер дәри бар (И.Юсупов).
2. Жөнеўге, жүриўге, кетиўге таярланған ямаса жолдағы бир-бирине тиркелген вагонлар комплекси.
Бул күш — Кузнецк, Қарағандының, Көмирин Оралға пыснап тасыған, Аўыр составлардың белине тыным, (Ол жүк енди басқа жаққа асығар) (И.Юсупов).