СТАДИОН
Қарақалпақша
ат. (гр.
- Грецияда спорт жарыслары өткерилетуғын орын).
Ҳәр түрли ойынлар ҳәм басқа да спорт жарыслары өткерилетуғын арнаўлы орын, тамашагөйлер ушын трибуналары, қосымша имаратлары, ханалары бар үлкен спорт комплекси.
Далада теңэў ҳәм мегзетиўлер көп, Кел, жаным, тамаша басланды және: Дала — стадион, қуяш — отлы топ, Батыс горизонтқа зыңғыды әне! (И.Юсупов).
Айырмасы — стадионның төбеси ашық, буның үсти бастырылған ҳәм дөңгелек-дәңгелек айналары бар (М.Нызанов).