⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СТУДЕНТ

Қарақалпақша

ат. Жоқарғы окыў орынларында оқыйтуғын оқыўшы. Студентке жүрек жалғар ас қыйын, Кенеп шалбар, бөз көйлегиң — бас кийим, Төсеги жоқ сым кровать астында, Тик тур десең, тик турады носкийиң (И.Юсупов). Дәл сондай-ақ, мениң студент гезлеримде жүз берген ҳәсиретли бир ўақыя жаныма тынышлық бермей, жазыў столымда отырмасам болмайтуғын дәрежеге алып келген еди (Т.Қайыпбергенов). — Шамурат Өтемуратов енди оттай студент (М.Нызанов).