СТУДИЯ
Қарақалпақша
ат. (итал.
— қунт пенен оқыў, уйрениў).
1. Художник ямаса скульптор устаханасы.
2. Тәлим-тәрбия шынығыўлары әмелий-дөретиўшилик жумыс пенен биргеликте алып барылатуғын, актёр, сазенде, художник ҳәм т.б.
таярлайтуғын мектеп.
3. Сахналық көркем өнер тийкарларын үйренетуғын, тийкарынан жаслардан қуралған театр (ямаса художниклер) дөретиўшилик жәмәәти.
4. Көркем ҳәм т.б.
фильмдер ислеўши дөретиўши ҳәм техникалық хызметкерлер жәмәәти, усы жәмәәт ислейтуғын орын, киностудия.
— Оқып үлгермедиңиз бе? Александр Довженко атындағы киностудия (М.Нызанов).
5. Радиоесттириў ҳәм телекөрсетиўлер алып барылатуғын арнаўлы имарат, радиостудия ямаса телестудия.
— Әлбетте! Бул студияға мен Василий Шукшинди, Владимир Высоцкийлерди аэропорттан алып келгенмен (М.Нызанов).
6. Улыўма сүўретке түсириў, сес жазыў сыяклы мақсетлер ушын үскенеленген жумыс орны.