СУЎЫТЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Суўық болыў, аяз тартыў.
Сонлықтан күнниң суўытқанын тилеп, түнде жулдыз санайды (К.Султанов).
Күн бирден суўытты (Т.Қайыпбергенов).
2. Дем алдырыў, тындырыў.
Атты суўытыў.
0 Қолды суўытыў — истиң пәтин түсириў, иске кесент бериў.
Иске қумбыл адамның қолын суўытыўға бола ма? (Т.Қайыпбергенов).
Түсин суўытыў — түри бузылыў, ашыўланыў.
Бий муртының астынан ҳеш кимге билдирмей өзинше күлип, және суўық түси менен жигитлерге қарады (Т.Қайыпбергенов).
Кеўилин суўытыў — жақсы көрмеў, кеўилине унамай қалыў, ренжитиў, өкпелетиў, кеўилин қалдырыў.
Қәпелимде оннан кеўлин суўытты (К.Султанов).