СУЎЫҚЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Салқынлық, аязлық.
Күнниң суўықлығы сонша, үстиндеги кийимлери ғаўдырлап қата баслады (М.Әбдиреймов).
2. Өкпелесиўшилик, гийнелесиўшилик, аразласыўшылык.
Ҳәзир ғана күлисип, ыссыдан терлеп-тепшип отырған адамларда суўықлық пайда болды (Т.Қайыпбергенов).
Оның көкирегиндеги суўықлықты анасының ўәсияты жылытқан болса не жақсы?! (М.Нызанов).