СУБҲАН
Қарақалпақша
ат. дин. сөз.
Мақтаў, жүдә мақтаў, асыра мақтаўлар, Алланың исмлериниң бири, диний түсиндирмелер бойынша Алланың ҳәр түрли сыпатын көрсетиўши оның мың бир исми бар, бул усы түсиниклердин бири.
Оны өз суньидин яратмыш субҳан, Жүзи он төрт күнлик айдан намаян (Әжинияз).
Хахи әшкар, хаҳи пинҳан, Йокдын бар әйләди субҳан, Кудрәт билән йерүў асман, Бәрчә йулдузлар зийнәти (Бердак).
0 Субҳан алла — Алланың мақтаўы, Аллага хүрмет ҳәм даңқ болсын.