СУДЛАЎ
Қарақалпақша
ф. Суд тәртиби менен ис қараў, адамның тәғдирин шешиў, судта қараў, шешиў.
Усындай еткени ушын Елмурат ғаррыны судлаў керек (Ж.Аймурзаев).
Жасы он сегизге толмаған қызды бузғаны ушын я судлатаман, я ҳәзир үйине барып от беремен! (Т.Қайыпбергенов).
Лекин, айыбы бар: — судланған, бирақ аса қәўипли жынаят ислемегени ушын кеширим берилген... (М.Нызанов).