СУДЬЯ
Қарақалпақша
ат. 1. Суд мәкемелеринде судқа түскен жумысларды көриўши ҳәм олар бойынша ҳүким шығарыўшы лаўазымлы адам.
2. Жарыс ҳәм спорт ойынларында тәртипке салыўшы, қадағалаўшы адам, арбитр.
Баскетболшы кызлар командасындай, Жүйткип барар жалаңаяқ жәйранлар, Жылқышы қышқырар судьясындай, Жық-жық қарлығашлар — болельщик баллар (И.Юсупов).