⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СУЙЫҚ

Қарақалпақша

кел. 1. Қойыў емес, ағыў халына ийе зат, суўы көп. Суп-суйық жарма — жарманың дым суйық түри. Бергениң суп-суйық жарма, Пығлы қайтқан дайы Бекпан (Омар). Айдасаң да байдың қосын, арбасын, Биймиллет ишкизбей суйық жармасын, Қыз-келиншек айта ғойса ҳармасын, Аш карынды тойдырғанды паллары (И.Юсупов). Бурын жағдайыма қарап суйық етип гөже ишетуғын едим, енди түйени түги менен жутаман (М.Нызанов). 2. аўыс. Жеңил минезли, сөзинде турмайтуғын, турақсыз. Кудайназаровтың суйық жигит екенлиги көпке мәлим болды («Әмиўдәрья» ж.).