СУЛАЙТЫЎ
Қарақалпақша
ф. Есинен талдырыў, хуўышынан кеткизиў.
Соның арасында әўелги атлының екинши жолдасы келип, мынаў атлыны дойыр менен сулайтып, Ақбийдайды алдына өңгерип ала қашты (Т.Қайыпбергенов).
Тағжаптың аяғындағы қыпшақ аўылларының дийқаншылығы көзге көрингенде салмалардың ултаны таңқыйып, журттың жүрегин сулайтты (К.Көримов).