СУЛТАН
Қарақалпақша
ат. 1. Мусылман мәмлекетлеринде әмир, патша, ханлар атағы.
Киси елинде султан болғанша, өз елинде ултан бол (ҚҚ.Х.Н.).
Бир гезде алтын сарай жарқырап турған жайда, Султанлар дәўран сүрип, сән-салтанат курған жайда, — Қумыры қус отыр бүгин жарты пақсаға қонып, Ҳәм жылар муңлы сес пенен: «Қайда ол, қайда, қайда?» (И.Юсупов).
2. Адамгершиликли, мәрт, ер, батыр.
Алпамыс жигиттиң султаны болды (Әтеш).
Бар еди аўыллас мениң шыққаным, Десе болар сулыўлардын султаны (Б.Исмайлов).
3. аўыс. Затлардың ең жақсысы, ҳасылы.
Пахта — егинлердиң шахы-султаны, Пахта — абаданлық турмыс кәрўаны, Халқымның пахтадан сүрген дәўраны, Жәмшид сүре алмаған дәўранға мегзер (И.Юсупов).
4. Ер адамның аты.