⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СУМЛЫҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Ҳийлекерлик, қуўлық, өз пайдасын ойлаўшылық. Бурынғы заман беллесип жыққандики еди, ендиги заман парахор менен сумлығы зордың заманы, — деп гүбирленди әсте ғана кемпир (К.Султанов). Бәрха сумлық ойлай берсе, ақмақ та, Күши жетер ақыллыны жықпакка, Өйткени, ақмак бары-жоклы ақылын, Бағдарлайды жалғыз қыйсық соқпаққа (И.Юсупов). Үлкен Қоңырат урыўынын бир сүтини Жандос байдың бул сумлығын баска қоңыратлар билди ме, жоқ па, ол туўралы өз кулакдарына тиймеди (Т.Қайыпбергенов). Сумлығы менен көргени көп мыңбасы кашқынларды куўмақ ушын буйрық бермеди (К.Кәримов). — «Бул мени мантықгырып өлтирмекши болды-аў», — деген сумлық дәрҳал мийиме сап ете қалды (М.Нызанов). 2. аўыс. Жақсы, теңсиз. Сумлық екен мына дәриң, Аўырыўдын қылды кәрин, Баяғы Луқман тәўиптин, Қызы емесписең, жаным? (И.Юсупов).