СУҚЛАҚ
Қарақалпақша
ф. Ҳөллеў, ығаллаў, ләмлеў, суў серпиў, суў жағыў.
Оның көз алдында белбеўди суўлап шыйратқан қос дүрре елеслеп көринип кетти (А.Бекимбетов).
Саўасын тапсам бас ушынан кетпей шашларын суўлап тарайман (Т.Қайыпбергенов).
0 Жүреги суўлаў — ҳәўлириў, қатты соғыў.
Қоян жылы жақынлады, Жылқы жылда халық шуўлады, Қорқып жүрегим суўлады.
Сондай қыйын болды быйыл (Бердақ).
Қәдирдиң жүреги суўлап, жүзи қуўарады (К.Султанов).
Жүреги суўлап «я, алла!» — деп қалды, бирақ бул сөзи «я, Маман» дегендей еситилди өзине (Т.Қайыпбергенов).