⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СУҚҒАРЫҚ

Қарақалпақша

ф. 1. Суў бериў, суў ишкизиў. Ат суўғарған киси болып дәрьяның жағасында ет писиримдей тағы иркилип қалды (К.Султанов). Кегейлиден ат суўғардым сәҳәрде, Бағ ишинен бир гүл үздим бәҳәрде, Ғарры-жасы мине ғойса қәҳәрге, Ең биринш и мийнет ери Шымбайдың (И.Юсупов). Жәрдемшилери менен өзи мал бағады, өзи суўғарады, өзи аранға қамайды (Т.Қайыпбергенов). Ешекке отсалыў, арқанлап келиў, суўғарып байлаў маған үлкен ермек еди, бундан да қутылдым (М.Нызанов). 2. Жерге суўжибериў, суўайдаў, шайдырыў. Көрип жүрипсизлер көп жерге барып, Илим, техниканы ислетип олар, Таслақ жерди тамшы менен суўғарып, Жетпис центнерден «ақ алтын» алар (И.Юсупов). Бир ақшамы пахта суўғарып жүргенде жыққын жығып, жән-жаққан жәрдем келип үлгеремен дегенше жыққынды байлаўдың ҳәлекшилиги менен ана бийшара қызын естен шығарады (Т.Қайыпбергенов).