СЫБАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир нәрсениң жүзине ылай жағыў, сүртиў, ылай менен тегислеў.
Ылай сыбаў басланды (Т.Қайыпбергенов).
Ол жайдың ишки сыбаўларына киристи (Т.Қайыпбергенов).
2. Ылайдың жағылып, сыбалып питкен түри.
Қашанлардур атпа ылайдан салынған қорғаншасының сыбаўлары ҳәр жер-хәр жерден түсип, аржағында кесеги, айырым жерлерде үңирейген тесиктен қорғаншаның иши көринип турар еди (М.Нызанов).