СЫЗЫҚ
Қарақалпақша
ат. Бир нәрсеге түскен узын жол, белги, дақ.
Мине, соннан берли бул аттың шамында Көмекбайдың зардабынан қалған сызық бар (Ж.Аймурзаев).
Қағазға гүмилжи ийрекей сызықларды әбигерленип салды (К.Султанов).
Изде қалған қыз дәуранның қызығы, Ақ жүзине түскен әжим сызығы, Жаста жайтаңлаған көздиң сүзиги, Хош әдеп, мүләйым ҳәм илҳам берер (И.Юсупов).
Песин пайтында Ақжағыстан бәйгиге жиберилген атлар ақ көбик болып терлеп сызыққа жетип келди (К.Кәримов).
Ҳәммеси тойғын қызыл реңде, белине сары сызық тартылып, алдынғы кабинасы на атанақ басылған медиңиналық машина екен (М.Нызанов).